ОҚЫЎ ПРОЦЕССИНДЕ АШЫҚ ОҚЫЎ
САБАҚЛАРЫН ϴТКЕРИЎДИҢ ϴЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
Ильясова
З.К.
(Әжинияз
атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)
Бүгинги күнде тез
пәт пенен өзгерип баратырған дәўир барлық тараўда болғаны сыяқлы тәлим тараўына
да жаңаша жандасыўды талап етпекте. Тәлим тараўында жаңа хабар технологиялары
ҳәм заманагөй педагогикалық технологиялардан кең түрде пайдаланыў дәстүрий оқытыў
усылларына қарағанда сыпатлы ҳәм жоқары нәтийжелерге ерисиў имканын береди.
Тәлим процесси сыпатын
арттырыў, тәлим алыўшылардың теориялық билим, көнликпе ҳәм билимлерин қәлиплестириў,
оларды кәсиплик шеберликке айланыўын тәмийинлеў мақсетинде оқыў-тәрбия процессинде
заманагөй педагогикалық технологиялардан пайдаланыў дәўир талабы болып ҳәм ол социаллық
зәрүрлик сыпатында күн тәртибине қойылмақта.
Оқыў-тәрбиялық
процессти педагогикалық технологиялар менен тәмийинлеў зәрүрлиги де Кадрлар
таярлаў миллий дәстүрин әмелге асырыў шәртлериниң бири болып есапланады.
Ашық оқыў
сабақлары заманагөй хабар-коммуникациялық технологиялары, оқытыўдың интерактив
усылларынан пайдаланылған ҳалда академиялық топарларда кесте бойынша алдыннан
дағаза етилген тема тийкарында өткерилетуғын сабақ.
Ашық оқыў
сабақлары заманагөй педагогикалық ҳәм хабар технологияларын, оқытыўдың
интерактив усылларын пухта пайдаланыў ҳәм оқыў процессине енгизиў ушын
тәжирийбе майданы, жас педагоглар ушын педагогикалық шеберликти раўажландырыў
мектеби болып хызмет етеди.
Бундай сабақларды
өткериўде төмендеги мақсетлерге ерисилиўине айырықша итибар бериўимиз тийис:
- оқытыўшылардың
кәсиплик шеберлигин арттырыў;
- жас
педагогларды заманагөй педагогикалық технологиялар ҳәм оқытыўдың интерактив
усылларын қолланған ҳалда сабақ өтиўге үйретиў;
- Мәмлекетлик
тәлим стандартлары талаплары тийкарында кәсиплик ҳәм педагогикалық шеберликти
барлық ўақытта арттырыў;
- оқытыўшылардың
кәсиплик билимлери, билим ҳәм көнликпелерин турақлы түрде жаңалап барыў.
Ашық оқыў
сабақлары талабалардың тәлим-тәрбия алыўы, интеллектуал раўажланыўы, баркамал
инсан болыўы ушын дәстүрий емес ҳәм заманагөй педагогикалық технологиялар ҳәм
оқытыўдың интерактив усылларынан пайдаланылған болыўы керек.
Буннан басқа ашық
оқыў сабақлары талабаларды активликке, өз бетинше пикир жүритиўге, анализлеўге,
теманы өзлестириўде творчестволық излениўге, ҳәттеки жуўмақларды өзлери
келтирип шығарыўға бағдарлаўы лазым.
Сабақтың
технологиялық картасында оқыў сабағының мақсети, педагогикалық ўазыйпалар, оқыў
хызмети нәтийжелери, сабақтың илимий тийкарланғанлығы, жарытылған теманың
анықлығы, заманагөй илим-пән раўажланыўының орны, пәнлер ортасындағы интеграция,
машқалалы жағдайларыдың болыўы, талабалардың пухта билим алыўларын тәмийинлеўи,
оқытыў усыллары техникасы, қураллары, формалары, баҳалаў түри көрсетилген
болыўы тийис.
Оқытыўшы ашық
оқыў сабағына таярланыў ўақытында төмендегилерге итибар бериўи керек:
- сабақ ўақытын
оптимал режелестириў;
- пайдаланыў ушын
таңлап алынған дереклерди терең үйрениў;
- топардағы
оқыўшылардың имканиятларын есапқа алыў;
- сабақтың түрине
қарап, оның методы ҳәм қуралларын дурыс таңлаў;
- Мәмлекетлик
тәлим стандары талаплары тийкарында оқыўшылардың терең билим алыўын тәмийинлеў;
- теманы таңлаўда
педагогикалық ҳәм кәсиплик шеберлиги, сабақ өтиў методикасы, билими ҳәм сабақ
өтиў қуралларын анық сәўлелендириў;
-
илимий-методикалық излениўи, көргизбели ҳәм дидактикалық материаллардан,
оқытыўдың техникалық қуралларынан, хабар коммуникациялық технологиялардан кең
түрде пайдаланыў ҳәм көргизбели ҳәм көрсетиў қуралларынан пайдаланыў
избе-излигин режелестириўи;
- технологиялық
картада болса, белгиленген ўақыт даўамында оқытыўшы ҳәм талабалардың хызмети
анық белгиленген болыўы лазым.
Ашық оқыў
сабақларының мазмуны, әҳмийети ҳәм илимий-методикалық жетискенлик дәрежеси
ямаса кемшиликлери оқыў орны кафедраларында талқыланып анализ етилиўи ҳәм баҳаланыў
жақсы нәтийже береди.
Ашық оқыў сабағын
өткериў ҳәм оның нәтийжелерин баҳалаўда ислеп шығарыў кәрханалары қәнигелерин
қатнастырыў жүдә әҳмийетли болып есапланады.
Оқытыўшылардың
жоқары дәрежеде өткерген ашық оқыў сабақларын кеңнен енгизиў ушын оқыў орны
кеңесинде талқыланыўы мақсетке муўапық болады.
Жуўмақлап
айтқанда, бундай көринистеги ашық оқыў сабақларын өткериў оқыў процесси сыпатын
арттырыўда жоқары нәтийже береди.
Оставьте свой комментарий
Авторизуйтесь, чтобы задавать вопросы.