Инфоурок Информатика СтатьиОз бетинше жумысларды рауажландырыу жоллары

Оз бетинше жумысларды рауажландырыу жоллары

Скачать материал

ӨЗ БЕТИНШЕ ЖУМЫСЛАРДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЛЛАРЫ

                                                   Ильясова З.К.

(Әжинияз атындағы НМПИ)

Өзбекистан Республикасының билимлендириўге тийисли норматив ҳүжжетлеринеде өз бетинше тәлим, талабалардың өз бетинше жумыслары оқыў сабақларының бири, билим алыўдың көриниси, усылы сыпатында көрсетилген.

Жоқары оқыў орынларында өз бетинше билим алыў билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў режели ҳәм әсте-ақырынлық пенен қурамаласып, жоқарылап баратуғын басқышлар көринисинде алып барған мақсетке муўапық болады. Талабаның өз бетинше билим алыўын басқышлы алып барыў дегенде, мәселен төменги биринши курсларда өз бетинше жумыслар репродуктив дәрежеде (пән баплары ҳам темалар бойынша), яғный педагог хызметкердиң тапсырмасы ҳәм көрсетпесине қарай орынланады, екинши курста жоқарырақ дәрежеде (тарқатпа материаллар бойынша лекцияларды өзлестириў), мәселен таңланған тема бойынша сабақ исленбеси проектин таңлаў сыяқлы өз бетинше жумыслар көринисинде, үшинши курста және жоқарырақ, эвристик дәрежеде, аз ғана болса да дөретиўшилик излениўди талап ететуғын өз бетинше жумыслар дәрежесинде (автоматластырылған ү йретиўши, тексериўши системалар менен ислесиў), ҳәм төртинши курста болса – ең жоқары дөретиўшилик характердеги өз бетинше жумыслар дәрежесинде шөлкемлестрилиўи мүмкин.

Өз бетинше тәлим талабаның аудиторияда ҳәм оннан сыртта, оқытыўшы басшылығында ямаса оқытыўшының қатнасыўысыз әмелге асырылатуғын өз бетинше жумыслар топламын аңлатады.

Өз бетинше жумыслар төмендеги көринислерде әмелге асырылады:

1. Аудиторияда – лекция әмелий сабақ, семинар ямаса лаборатория жумыслары бойынша ўазыйпалар бериў ўақытында;

2. Оқытыўшы менен сабақтан тысқары ўақытларындағы байланыста мәсләҳәтлар бериўде ҳәм жеке тапсырма орынлаўда ҳ.т.б.;

3. Информациялық ресурс орайларында, үйде, талабалар үйинде, кафедрада талаба тәрепинен оқыў ямаса тапсырмаларды орынлаў ўақытында.

Талабалардың өз бетинше тәлимин информациялық технологиялар тийкарында алып барыў нәтийжели бағдарлардан есапланады. Оқыў материалларының ҳәр түрли көринислери, мәселен үйренилетуғын процесс ҳәм ҳәдийселерди виртуал көринисте сәўлелендиретуғын электрон оқыў-методикалық  ресурслар, жаңа темаларды өзлестириў ўақытында пайда болатуғын сораўларға қәлеген ўақытта толық жуўап алыў имканиятын беретуғын интегралласқан электрон тәржима-мағлыўматнама, виртуал лаборатория ҳәм көрсетиў-тәжирийбе сабақлары талабалар тәрепинен оқыў пәнлерин өз бетинше үйрениўге зәрүр болатуғын ресурслардан саналады. Өз бетинше жумысты шөлкемлестирўде жоқарыдағы ресурслардан пайдаланыў тәртиби ҳәр бир талабаның индивидуал қәсийетлерин инабатқа алған ҳалда белгиленеди. [A.Maвлянов: 21].

 Өз бетинше жумысларды орынлаў ушын кафедра тәрепинен сораў, тапсырмалар ҳәм оларды орынлаў ушын методикалық көрсетпелер бериледи.  Ҳәзирги ўақытта талабалар өз бетинше  жумысларын орынлаў ушын педагог хызметкер тәрепинен ислеп шығылған сораў, тапсырма ҳәм оларды орынлаў ушын оқыў ресурслары оқыў орынларының MOODLE системасына жайластырылған.

Өз бетинше жумыслар талабаның улыўма раўажланыўына ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыўға хызмет етиўи тийис. Сондай-ақ талабалардың өз бетинше ҳәм дөретиўшилик жумысларын шөлкемлестириўи, тәрбиялық ҳәм тәлимий әҳмийетке ийе болыўы керек. Тәрбиялық әҳмийети сонда талаба өз билимин арттырыў ҳәм беккемлеў ушын өз-өзин тәрбиялап барады. Тәлимий әҳмийети болса, талаба бос ўақытынан нәтийжели пайдаланған түрде өз бетинше билим алыў процессиниң қәлиплесиўине алып келеди.

Өз бетинше жумыслардың түрлери, көринислерин таңлаўда “әпиўайыдан-қурамалыға”, “улыўмалықтан-жекеликке” ҳәм “абстарктлықтан-анықлыққа” принциплерине әмел етиў керек. Өз бетинше ҳәм дөретиўшилик жумыс тапсырмаларын ислеп шығыўда ҳәр бир талаба жеке имканиятлары, түсиниўшилик, оқыў материалларын өзлестириў дәрежеси инабатқа алыныўы, шахсқа бағдарланған оқытыў технологияларын қолланыў мақсетке муўапық болады.

Талабалардың өз бетинше жумысларын режели ҳәм басқышлы шөлкемлестирилиўи онда нәзерде тутылған мақсетлердиң әмелге асырылыўына, болажақ қанигелердиң кәсиплик  таярлық дәрежесин жоқары көтериўге, тәлим тәрбияның нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Әдебиятлар:

1. A.Maвлянов ва бошқалар. Ўқув машғулотларини ташкил этишда таълим технологиялари. Ўқув қўлланма.  Тошкент 2013.

КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАТНАСЫЎШЫСЫНЫҢ АНКЕТАСЫ

Қатнасыўшының Ф.И.Ш

Ильясова Зухра Кенесбаевна

Секция

4. Анық илимлер

Тезис аты

Өз бетинше жумысларды раўажландырыў жоллары

Жумыс орны ҳәм мәнзили

Әжинияз атындағы НМПИ, «Информатика оқытыў методикасы» кафедрасы, Нөкис А.Досназаров 104.

Лаўазымы

Улкен оқытыўшы

Илимий дәрежеси ҳәм атағы

-

Жумыс орны ҳәм мобил телефон

Әжинияз атындағы НМПИ, «Информатика оқытыў методикасы» кафедрасы. +91 387-01-12

E-mail

zuxra2206@umail.uz zuxra2206@inbox.uz

 

 

Просмотрено: 0%
Просмотрено: 0%
Скачать материал
Скачать материал "Оз бетинше жумысларды рауажландырыу жоллары"

Методические разработки к Вашему уроку:

Получите новую специальность за 3 месяца

Специалист контроля качества

Получите профессию

Технолог-калькулятор общественного питания

за 6 месяцев

Пройти курс

Рабочие листы
к вашим урокам

Скачать

Скачать материал

Найдите материал к любому уроку, указав свой предмет (категорию), класс, учебник и тему:

6 664 948 материалов в базе

Скачать материал

Другие материалы

Вам будут интересны эти курсы:

Оставьте свой комментарий

Авторизуйтесь, чтобы задавать вопросы.

  • Скачать материал
    • 10.10.2016 1537
    • DOCX 48.5 кбайт
    • Оцените материал:
  • Настоящий материал опубликован пользователем Ильясова Зухра Кенесбаевна. Инфоурок является информационным посредником и предоставляет пользователям возможность размещать на сайте методические материалы. Всю ответственность за опубликованные материалы, содержащиеся в них сведения, а также за соблюдение авторских прав несут пользователи, загрузившие материал на сайт

    Если Вы считаете, что материал нарушает авторские права либо по каким-то другим причинам должен быть удален с сайта, Вы можете оставить жалобу на материал.

    Удалить материал
  • Автор материала

    Ильясова Зухра Кенесбаевна
    Ильясова Зухра Кенесбаевна
    • На сайте: 7 лет и 6 месяцев
    • Подписчики: 0
    • Всего просмотров: 4784
    • Всего материалов: 5

Ваша скидка на курсы

40%
Скидка для нового слушателя. Войдите на сайт, чтобы применить скидку к любому курсу
Курсы со скидкой

Курс профессиональной переподготовки

Няня

Няня

500/1000 ч.

Подать заявку О курсе

Курс повышения квалификации

Организация преподавания информационных систем и технологий в профессиональном образовании

36 ч. — 180 ч.

от 1700 руб. от 850 руб.
Подать заявку О курсе
  • Этот курс уже прошли 75 человек

Курс профессиональной переподготовки

Информатика: теория и методика преподавания в образовательной организации

Учитель информатики

300/600 ч.

от 7900 руб. от 3650 руб.
Подать заявку О курсе
  • Сейчас обучается 494 человека из 73 регионов
  • Этот курс уже прошли 1 525 человек

Курс повышения квалификации

Особенности подготовки к сдаче ЕГЭ по информатике и ИКТ в условиях реализации ФГОС СОО

36 ч. — 180 ч.

от 1700 руб. от 850 руб.
Подать заявку О курсе
  • Сейчас обучается 107 человек из 42 регионов
  • Этот курс уже прошли 579 человек

Мини-курс

Психологические аспекты развития и состояния личности

4 ч.

780 руб. 390 руб.
Подать заявку О курсе

Мини-курс

Управление рисками и финансовое моделирование

4 ч.

780 руб. 390 руб.
Подать заявку О курсе

Мини-курс

Аспекты эмоционального благополучия и влияния социальных ролей на психологическое состояние

3 ч.

780 руб. 390 руб.
Подать заявку О курсе